Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Prezident mektebine qabıllaw ushın dáslepki imtihan ótkeriledi



Derek: kknews.uz
 
Президент мектеплерине тапсырған талабанлардың саны жобаластырылғанынан да көбейип кеткенлиги себепли кириў имтиханларын өткериўге жуўапкер болған сырт елли шөлкем Cambridge Assessment – сайлап алыў басқышы имтиханлары (pre-selection) өткерилиўи керек екенлигин мәлим етти. Президент мектеплерине сайлап алыў басқышының имтиханлары 2019-жыл 26-июнь – 3-июль күнлери аралығында болып өтеди. Ата-аналар оқыўшылар менен биргеликте 2019-жыл 26-27-28-июнь күнлери Президент мектеплериниң сайлап алыў имтиханларына таярлық күнлери (orientation day) – сайлап алыў басқышы имтиханлары болып өтетуғын имаратқа барады ҳәм имтиханға таярлық бойынша барлық тийисли мағлыўматларды алады.
Бул ҳаққында ҳәр бир ата-ананың мағлыўматнамада көрсетилген телефон номерине СМС-хабарнама жибериледи. СМС-хабарнаманы алғаннан соң Президент мектеплериниң рәсмий веб-сайты – pm.xtv.uz арқалы қай жерге ҳәм қашан барыўды билип алыў мүмкин.
Демек, ата-аналар кириў имтиханларына таярлық күнине веб-сайтта көрсетилген мәнзилге, сол күни ҳәм ўақытта барыўы керек. Олар өзлери менен бирге оқыўшының туўылғаны ҳаққындағы гүўалықтың түп нусқасын алып келиўи шәрт.
Президент мектеплерине сайлап алыў басқышы имтиханлары 29-30-июнь ҳәм 1-2-3-июль күнлери болып өтеди.
Толық мағлыўматлар ата-аналар ҳәм оқыўшыларға 26-27-28-июнь күнлери даўамында жеткериледи. Нөкис қаласындағы Президент мектебине кириў ушын талабанлар арасында кириў имтиханлары еки орында болып өтетуғынлығы белгиленген:
1) Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби («Айдын жол» спорт комплекси) (мәнзили: Нөкис қаласы, М.Жуманазаров көшеси, 172-жай); 2) Нөкис қәнигелестирилген Олимпия резервлери мектеп-интернаты (бурынғы Олимпия резервлери колледжи) (мәнзили: Нөкис қаласы, Шымбай гүзары, номерсиз жай).
 
 
 
    2019-06-26 17:19:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine