Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент қарары менен қыстаўлы жәрдем хызмети жетилистириледи



Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасында қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў хызметин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарын тастыйықлады.
Қыстаўлы медициналық жәрдем хызметин раўажландырыўға әмелий көмеклесиў ҳәм оның материаллық-техникалық базасын жақсылаў ушын Өзбекстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги жанындағы юридикалық шахс статусына ийе болмаған Қыстаўлы медициналық жәрдемди раўажландырыў фонды шөлкемлестириледи.
2019-жылдың 1-январынан баслап Фондың қаржылары Өзбекстан Республикасы Мәмлекет бюджетине түсетуғын қаржыларды 29 проценттен 10 процентке кемейткен ҳалда, мобиль байланыс хызметлерин көрсетиўши юридикалық шахслар (уялы байланыс компаниялары) тәрепинен абонент номеринен пайдаланғаны ушын төленетуғын төлем суммасының 19 проценти ҳәм басқа дереклерден қәлиплестириледи.
Соның менен бирге, Қыстаўлы жәрдем хызметин Өзбекстан Республикасы Мәмлекет бюджети ҳәм мәмлекет мақсетли фондларынан қаржыландырыўдың әмелдеги тәртиби ҳәм көлемлери сақлап қалынады. Ҳүжжеттиң толық тексти ЎзА да жәрияланды.
 
    2018-10-17 11:34:31 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine