Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент қарақалпақстанлы туроператорларға айрықша жеңиллик жаратты



Жақында қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен экстремаль турларды шөлкемлестиретуғын Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынған туроператорларға әжайып жеңиллик жаратылды, деп хабар бермекте Қарақалпақстан хабар агентлиги. Яғный Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынып, лицензияға ийе болған туризм операторларына әдеттегиден өзгеше тәризде экстремаль турларды шөлкемлестириў ушын двигатель көлеми 2,4 л. ден аз болмаған жоқары өтиў қәбилетине ийе болған алып кирилип атырған транспорт қуралларына автотранспорт қуралларын дизимге алыў бойынша айрықша мәмлекетлик номер сериясын енгизген ҳалда ҳәм олардан тек ғана Қарақалпақстан Республикасы аймағында пайдаланыў шәрти менен 5 жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеў арқалы әмелдеги ставканың 25 проценти муғдарында бажыхана төлемлерин төлеўге руқсат етилди. Бул дегени қарақалпақстанлы туроператорлар енди Үстиртте, Арал теңизи аймағында ҳәм басқа да экстремаль саяхат орынларында исенимли жүре алатуғын жол таңламас транспортларды шет еллерден бажыхана төлемлери ушын 25 процент муғдарында (әмелдеги ставка 100 процент) әмелге асырып,  5 жыл ишинде бөлип-бөлип төлеў арқалы сатып алыўы мүмкин. Бул транспортларға айрықша мәмлекетлик номер сериясы бериледи ҳәм бул транспортлар тек ғана Қарақалпақстан аймағында ғана ҳәрекет ете алады.
 
    2018-02-08 12:03:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine