Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент еки ўәлаят ҳәкимин прокурорлары менен қосып жумыстан босатты



Ташкент ўәлаяты ҳәкими Шукрулло Бобоев ҳәм Жиззах ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Узоқов Президент тәрепинен жумыстан босатылды. «Kun.uz» дереклериниң хабар бериўинше, бүгин 30-октябрь таңда Бас министр Абдулла Арипов қатнасыўында өткерилген видеоселекторда усы ҳәкимлер лаўазымынан азат етилгени ҳаққында мәлим етилген. Ҳәкимлердиң жумыстан босатылыўына 2017-жылғы пахта мәўсиминде ўәлаятларда қырманға пахта қосып жазыўға жол қойылғаны себеп болған.
Дәл усы себеп пенен Ташкент ўәлаяты прокуроры Жамшид Файзиев ҳәм Жиззах ўәлаят прокуроры Шоҳмуҳаммадбек Муҳаммаджонов лаўазымынан азат етилген.
«Kun.uz» дерегининң хабар бериўинше, Ташкент ўәлаятында пахта қырманын қосып жазыў 12% болған. Мағлыўмат ушын Республика ўәлаятларында 2017-жыл қырманынан пахта шийки затын таярлаў ҳаққындағы мағлыўматнамаға муўапық, 28-октябрь күни Ташкент ўәлаятында пахта режеси 82,98%ти қураған еди. Бул ўақытта Жиззах ўәлаятында көрсеткиш 83,44% еди. Бул ўәлаятта қанша пахта қосып жазылғаны белгисиз.
Жумыстан босатылған ҳәкимлер ҳәм прокурорлардың ҳәрекетлери бойынша тергеў жуымслары басланған.
 
    2017-10-30 07:32:09 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine