Президент Бирлескен араб әмирликлери бас министриниң орынбасары, Президент ислери бойынша министрин қабыл етти
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-май күни елимизге келген Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, Президент ислери бойынша министри шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаёнды қабыл етти. Ушырасыўда еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, Әмирликлердиң инвесторларын елимиздеги перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға кеңнен тартыў, олардың жумысын системалы түрде раўажландырыў мәселелери додаланды.
Бул бағдарда нефть-газ, химия, аўыл хожалығы, логистика, туризм, қала қурылысы ҳәм басқа да бир қатар тараўларда өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисип алынды. Ушырасыўда шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаён Бирлескен Араб Әмирликлери еллеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге, соның ишинде, анық перспективалы инвестициялық жойбарларды турмысқа толық енгизиўге таяр екенлигин атап өтти. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.