Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Президент АҚШқа барады



Өбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ Президенти Дональд Трамптың мирәтине муўапық 2018-жыл 15-17-май күнлери биринши рәсмий сапар менен АҚШда болады. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан-АҚШ шерикшилигиниң жағдайы ҳәм оны раўажландырыў келешегин сөйлесиў, халық аралық ҳәм аймақлық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алмасыў режелестирилген.
Вашингтонда Өзбекстан Президенти, сондай-ақ, АҚШ Конгресси, Қорғаныў министрлиги ҳәм Мәмлекет департаменти Жәҳан банкинде еки тәреплеме ушырасыўлар өткериледи.
Рәсмий сапар жуўмағында еки мәмлекет Президентлери «Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары: стратегиялық шерикшилик жаңа дәўириниң басланыўы» деп аталған Қоспа баянатты тастыйықлаўы, түрли тараўларда өз-ара қатнасықларды еле де беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлер топламының қабылланыўы күтилмекте.
 
    2018-05-10 12:37:40 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine