Президент 136 қамақтағы адамды кеширди
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев 7-декабрь күни азатлықтан айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дурыс жолға түскен бир топар шахсларды кешириў ҳаққындағы пәрманына қол қойды.
Өзбекстан Конституциясы қабылланғанының 26 жыллығы мүнәсибети менен қабылланған пәрман ҳәм Конституцияның 93-статьясы 23-бәнтине муўапық, 136 пуқара кеширилди.
Олардың 30 адамы жазаны өтеўден толық, 26 адам – мүддетинен алдын шәртли көринисте жазаны өтеўден азат етилди. 42 адамға тайынланған жаза шарасы жеңиллестирилди, 38 адамның жаза мүддети қысқартылады.
Кеширилгенлер арасында 6 адам 60 жастан өткен, 2 адам шет ел пуқарасы, 3 ҳаял ҳәм 61 адам қадаған етилген шөлкемлер искерлигинде қатнасқан шахслар бар.
Шавкат Мирзиёев Өзбекстанда биринши мәрте кешириў институтынан пайдаланды. 2017-жылы ол 2700 адамды, усы жылы Рамазан ҳайыты ҳәм Ғәрезсизлик күни қарсаңында болса сәйкес түрде 226 ҳәм 261 адамды кеширди. Енди олардың саны 3323 адамға жетти.