Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Pensiya haqqında tolıq maǵlıwmat alıw múmkin



Derek: karinform.uz

Пенсия ҳаққындағы толық мағлыўмат бериўши интерактив мәмлекетлик хызмети жаратылды. Жойбар басқарыўы милий агентлиги жанындағы Электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономика жойбарларын басқарыў орайы, Бирден-бир интегратор UZINFOCOM ҳәм Өзбекстан Финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия фонды тәрепинен пенсия ҳаққында толық мағлыўмат бериўши жаңа интерактив мәмлекетлик хызмети жаратылды, деп хабар берди агентлик.

Бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталы арқалы онлайн түрде пенсияның муғдары, тайынланған сәнеси, төлеў мүддети, иш стажы даўамлылығы, таңланған мүддет бойынша төлемлер муғдары, сондай-ақ, есапланған ҳәм есапланбаған ис стажы ҳаққындағы мағлыўматларды билип алыўға болады. Барлық мағлыўматларды ҳеш қандай ҳүжжетсиз көриўге болады. Бул хызмет түри Бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталының «Социаллық тәмийнат» бөлиминде келтирилген.
 
    2019-10-23 16:00:51 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine