Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ped.Institut Evraziya pedagogika Universitetleri associyası aǵzası boldı



Derek: NMPI baspasóz xızmeti
 
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Евразия педагогикалық университетлери ассоциациясы ағзасына айланды. Бул илаж институт ректорының Москва педагогикалық мәмлекетлик университетине сапары даўамында әмелге асырылды. Евразия педагогикалық университетлери ассоциациясы 2015-жылы Алматы қаласында ҒМДА мәмлекетлери педагогикалық университетлери ректорлары жыйналысында шөлкемлестирилген. Ассоциацияға 48 университет ағза болған.
Ассоциацияның шөлкемлестириўшилери Москва педагогикалық мәмлекетлик университети ҳәм Абай атындағы Қазақ миллий педагогикалық университети есапланады.
Ассоциация коммерциялық емес шөлкем болып, оның қурамына Евразия регионындағы, соннан Өзбекстан, Қырғызстан, Беларусь, Қазақстан, Армения ҳәм Россия мәмлекетлериндеги жоқары оқыў орынлары кириўи мүмкин.
Ассоциацияның президенти Москва педагогикалық мәмлекетлик университети ректоры есапланады.
 
    2019-10-23 16:02:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine