Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Паспорт алыўға электрон нәўбет жолға қойылды



Мәмлекет персоналластырыў орайы сайтының жаңаланған версиясы иске түсирилди, деп хабар берди «Газета.uz».
Оның жәрдеминде Өзбекстан пуқарасы ҳәм пуқаралығы болмаған шахс биометрикалық паспорт ҳәм пуқаралығы болмаған шахс гүўалығын алыўға арза бериў ушын жасаў орны бойынша мағлыўматлар топлаў пунктинде Ишки ислер министрлиги ҳүжжет топлаў пунктине жеке өзи бармай электрон нәўбетти бәнт етиўи мүмкин болады.
Бәнт етилген нәўбет номери, сәнеси ҳәм ўақты арза бериўшиге SMS-хабар арқалы бир жумыс күни даўамында жибериледи. Буннан тысқары, сайтта арза-анкета бланкасын толтырыў ҳәм басып шығарыў ямаса толтырылмаған бланканы басып шығарып алыў мүмкин.
Сайт паспорт ҳәм гүўалықты алыў ушын мәмлекет бажы төлеми квитанциясын толтырыў ҳәм оны бир жумыс күни даўамында басып шығарыўға имкан береди. Мәмлекет бажын Click мобиль банкинг системасы арқалы да төлеў мүмкин.
Сайт күн даўамында техникалық машқалалар себепли иске түседи.


    2018-05-11 07:25:04 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine