Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Пан Ги Мун Жоқарғы Кеңесте




26-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бурынғы Бас хаткери Пан Ги Мун басшылығындағы делегацияны қабыллаў мәресими болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хамраев мийманларды республикамыз­ға сапары менен қызғын қутлықлап, үлкемиздиң географиялық жайласыўы, халқы, ҳәкимшилик басқарыў дүзилиси, тәбийғый байлықлары, сондай-ақ, Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен жақыннан таныстырды. Соның менен бирге, ғәрезсизлик жылларында көплеген раўажланған мәмлекетлер қатарында Қубла Корея менен де ҳәр тәреплеме байланыслар жақсы жолға қойылғанлығын ҳəм бул байланыслар бүгинги күни жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти.
Өз гезегинде Пан Ги Мун да республикамыздағы өзгерислер менен жаңаланыўларды жоқары баҳалап, бул аймақта экологиялық жағдайды жақсылаў жолында əмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге өз үлесин қосатуғынлығын айтты ҳəмде жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылығын билдирди.
Мағлыўмат ушын айтып өтсек, ертең, яғный 27-ноябрь күни Нөкис қаласында «Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды жақсылаў мəселеси ҳəм бул процессте корейс диаспорасының роли» атамасында халықаралық форум болып өтеди. Сондай-ақ, «Туран» стадионында қарақалпақстанлы ҳəм қубла кореялы мəденият ҳəм спорт тараўы ўəкиллериниң қатнасыўында илажлар өткерилиўи де режелестирилген. 
    2018-11-27 11:39:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine