Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанның жетекши бизнесменлери Нөкиске келди



9-апрель күни Өзбекстанның жетекши исбилерменлери Нөкис халық аралық аэропортында күтип алынды, деп хабар бермекте kruz.uz.
Мийманлар арасында Өзбекстанда бизнестиң түрли тараўларында ең жетекши саналатуғын баслық ҳәм тийкаршылар бар. Олар Ҳикмат Абдураҳмонов – Халық аралық бизнес ҳәм технологиялар бирлеспеси баслығы, Ҳасан Мамасаидов - "Декос", 'Оффице-маркет" тийкаршысы, Мурод Назаров - "Мурад Буилдингс" тийкаршысы, Улуғбек Холматов - "Ўзбек-Қытай саўда үйи" тийкаршысы. Буннан тысқары, Ботир Арифжанов, Анвар Ирчаев, Ҳусан Мамасаидов, Акмал Пайзиевлар бар.
Мийманлар дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде баспасөз конференциясына қатнасты. Баспасөз конференциясын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Муса Ерниязов ашып берди ҳәм басқарып барды.
Бул илаждан соң журналистлер ҳәм жас исбилерменлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Оннан кейин болса мийманлар Жаслар орайы имаратына келди. Олар бул жердеги жасларға жаратып берилген шәраятлар менен танысты.
Соңғы ҳәм тийкарғы мәнзил болса Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайы. Себеби, бул жерде табыслы исбилерменлер тәрепинен жас исбилерменлер ҳәм жасларға «Табысқа ерисиў сырлары» атамасында мастер класслар өткерилиўи белгиленген.
 
    2018-04-09 10:41:08 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine