Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстаннан Россияға барыўшы мигрантлар ушын патент алыў әпиўайыластырылды



Буннан алдын мийнет мигрантлары рус тили бойынша имтиҳанды ҳәм қамсызландырыў төлемлерин туўрыдан-туўры Россияда әмелге асырыўы керек еди. Енди булардың ҳәммесин Өзбекстанда әмелге асырыў мүкмин.
Өзбекстан Россияда мийнет мигрантларына патент рәсмийлестириў процесслеринде керекли болған рус тили бойынша сертификат алыў ҳәм қамсызландырыў менен байланыслы болған барлық мәселелерди шешти.
«Биз бул басқышта патент алыўда керек болған рус тили бойынша сертификатты алыў машқаласын шешиўге еристик. Ҳәзир бул процесс иске түсирилип, биз бул сертификатларды өзимиз бере аламыз. Сондай-ақ, биз Россияға келиў ҳәм патент алыў ушын керек болған қамсызландырыў мәселесин де шештик», - деп айтқан Sputnik басылымына Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ўәкили.
Ҳәзирги ўақытта және бир әҳмийетли мәселе - Өзбекстанда берилген медициналық ҳүжжетлерди Россияда әмел етиўин тәмийинлеў мәселесин шешиў бойынша жумыс алып барылмақта.
«Буның ушын Россия тәрепинен билдирилген бир неше талапларды орынлаў керек. Бул әпиўайы процесс емес. Егер Өзбекстан Ден саўлықты сақлаў министрлиги буны әмелге асыра алса, ойлайман, жақын ўақыт ишинде бул мәселени де шеше аламыз», - деген ўәкил.
Буннан тысқары, республика бойлап мийнет мигрантлары ушын рус, инглиз, немис, корейс тиллерин үйрениў ҳәм керекли болған кәсиплер (кепсерлеўши, қурыўшы) бойынша бийпул оқыў курслары ашылмақта.
Агентлик ўәкилиниң айтыўына қарағанда, бүгинги күни бул оқыў курслары халықтың социаллық қорғаўға мүтәж тайпалары ушын бийпул шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, бул жерде хошаметлеў системасы да бар, егер еки айлық курс жуўмағында оқыўшы жақсы нәтийжелерди көрсетсе, ол үшинши айға да қалады, деп жазады «Халқ сўзи онлайн».
 
Аўдарма: makan.uz
    2018-04-26 11:45:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine