Өзбекстанда Жаңа жылда неше күн дем алыс болыўы мәлим етилди
Президенттиң тийисли пәрманына муўапық, өзбекстанлылар бес күн дем алады. 29-декабрь (шемби) күни өзбекстанлылар ислейди, себеби дем алыс күни 31-декабрьге (дүйшемби) көширилди.
Дем алыс күнлери 30-декабрь (екшемби) күнинен басланады. 1-январь (сийшемби) байрам күни, жумыс болмайды. 2-январь (сәршенби) «қосымша ислемейтуғын күн», деп жәрияланды. 3-январь (пийшемби) күни өзбекстанлылар 5-январь есабынан дем алады.
- 2018- жыл 30-декабрь - екшемби (календарьға муўапық дем алыс күни);
- 2018- жыл 31-декабрь - дүйшемби (29-декабрьден көширилген дем алыс күни);
- 2019- жыл 1-январь - сийшемби (байрам, ислемейтуғын күн);
- 2019- жыл 2-январь - сәршенби (қосымша ислемейтуғын күн);
- 2019- жыл 3-январь - пийшемби (5-январьдан көширилген дем алыс күни).
Кейинги жылдың 5-январь (шемби) күни өзбекстанлылар жумысқа шығыўы керек болады.
Президент пәрманында айтылыўынша, қосымша исленбейтуғын күн жумысшылардың жыллық мийнет дем алыс даўамлылығын үш жумыс күнине қысқартыў есабынан қапланады.