Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда жаңа түрдеги бензин ислеп шығарыўшы кәрхана қурылады



2022-жыл соңында Қубла Кореяның  GS Engineering & Construction Corporation компаниясы Өзбекстанда метанолдан бензин ислеп шығарыўды жолға қояды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында химия санаатын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Қарарында “Навоийазот” АЖ базасында дәслепки қуны 200 млн. доллар болған жоқары октанлы бензин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў де нәзерде тутылған.
Жойбарды әмелге асырыў графигине муўапық, декбарьде GS, “Ўзкимёсаноат” ҳәм “Навоийазот” жойбарды әмелге асырыў бойынша қоспа кәрхана шөлкемлестириўге байланыслы шөлкемлестириў ҳүжжетлерин тастыйықлаў нийетинде. 2019-жыл соңына шекем жойбардың техникалық-экономикалық тийкарын таярлаў режелестирилмекте.
2020-жыл май айында қурылысты баслаў ҳәм 2022-жыл декабрьде кәрхананы иске түсириў режелестирмекте. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.
 
    2018-10-30 16:19:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine