Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда велосипед жолы тармағы исленеди



2019-2020-жылларда Өзбекстан аймақларында велосипед жоллары тармағын ислеў режелестирилмекте. Ҳүжжет жойбары додаланбақта, деп жазады «Norma».
Төмендегилерди өз ишине алыўшы 2019-2020-жыллардағы ис-илажлар режесин ислеп шығыў гөзленген:
- аймақлық әҳмийетке ийе улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларының шегараларында қурылысын нәзерде тутыўшы велосипед жолларын қурыўдың мәнзилли дизими;
- бағлар, дем алыў бағларында велосипед жолларын қурыўдың мәнзилли дизими.
Буннан тысқары, аймақлар аймағына кириўди тәмийинлеўши аймақлық әҳмийетке ийе улыўма пайдаланатуғын магистрал автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў, реконструкциялаў ушын тапсырмаларды таярлаў ўақтында буннан кейин белгиленген тәртипте бул жоллардың ажыратылған аймақ шеңберинде велосипед жоллары қурылысын нәзерде тутыў усыныс етилмекте.
Гөзленген режелерди әмелге асырыўды Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, Физикалық тәрбия ҳәм спорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине тапсырыў режелестирилмекте.
Буннан тысқары, жергиликли велосипедлер ислеп шығарыўды кеңейтиў гөзленген
Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятының Қуйичирчиқ районында велосипед ислеп шығарыўшы Ya Mei Gong Ye Yuan ЖШЖ жеке кәрханасын шөлкемлестириў режелестирилмекте.
 
Аўдарма: makan.uz
    2018-10-08 12:23:54 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine