Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда турақлы раўажланыў мақсетлери белгиленди



2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги мәлим етти.
 - Қарар менен 2030-жылға шекем болған дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалар тастыйықланды ҳәмде оларды әмелге асырыў бойынша Муўапықластырыўшы кеңес дүзилди.
 - Усы Кеңес Миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрлик ҳәмде кеңселердиң нәтийжели жумысларын шөлкемлестиреди, сондай-ақ усы мақсет ҳәм ўазыйпалардың тармақ, территория ҳәм мақсетли раўажландырыў дәстүрлери, стратегиялар ҳәм концепцияларға киргизилиўин тәмийинлейди.
Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысшы органы ўазыйпасын Экономика министрлиги орынлайды.
 - Қарар менен тастыйықланған Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалар өзинде 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў тараўында жәми 17 мақсет ҳәм олар шеңберинде әмелге асырылатуғын ўазыйпаларды қамтып алған.
 - Соның ишинде, әмелге асырылатуғын илажлар нәтийжесинде 2030-жылға шекем Өзбекстанда оғада камбағаллықты сапластырыў, кем тәмийинленген халық санын ҳәзиргиге салыстырғанда еки есесине кемейтиў режелестирилген.
 - Саламат турмыс тәризин тәмийинлеў мақсетинде болса халық арасында жүрек-тамыр, онкологиялық, қантлы диабет ҳәм жуқпалы респиратор кеселликлер себепли мезгилсиз қайтыс болғанлар санын 30 процентке қысқартыў, сондай-ақ 2025-жылға шекем жол-транспорт ҳәдийселери санын еки есесине қысқартыў режелестирилген.
 - Сондай-ақ, улыўма қамтып алынған ҳәм сапалы билимлендириўди тәмийинлеў ҳәмде ҳәммеге пүткил өмири даўамында билим алыў имканиятын хошаметлеў мақсети бойынша 2030-жылға шекем оқыўшыларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў тараўында халық аралық бирге ислеў арқалы оқытыўшылар санын қатаң түрде көбейтиў мөлшерленген.
 
    2018-10-25 11:38:40 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine