Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда «шегирмели жәрийма» төлеў тәртиби енгизиледи



«Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин атқарыў нәтийжелигин еле де асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабылланды.
Ҳүжжетте жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарар тапсырылған сәнеден баслап он бес күн ишинде жәрийма муғдарының 70 проценти ҳуқықбузар тәрепинен ықтыярый түрде төленген жағдайда ол қалған сумманы төлеўден азат етилиўи нәзерде тутылған.
Бунда төмендеги жағдайларда жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарарларды орынлаўдың әпиўайыластырылған тәртиби қолланылмаўы нәзерде тутылған:
- ҳәкимшилик жәриймаға тартыў ҳаққындағы қарар үстинен шикаят етилгенде ямаса протест келтирилгенде;
- ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында дәл усындай ҳуқықбузарлық тәкирар исленсе.
 
Ҳүжжеттиң толық тексти менен усы жерде таныссаңыз болады.
 
    2019-03-14 12:35:20 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine