Өзбекстанда пуқаралар мәмлекет бюджетиниң кирим ҳәм шығымларын гүзетип барыўы мүмкин болады
2019-жылдан баслап Финанс министрлиги «Ашық бюджет» мәлимлеме порталын иске түисриўди режелестирмекте. Бул мәмлекеттиң барлық түрдеги кирим ҳәм шығымларын әшкара түрде болыўын тәмийинлейди. Бул ҳаққында 4-декабрь күни «Пуқаралар ушын бюджет мағлыўматлары» басылымының презентациясында мәлим етилген.
Сондай-ақ, пуқаралар мәмлекет бюджети ҳаққындағы мағлыўматларды www.openbudget.uz сайты арқалы онлайн түрде көриўи мүмкин болады.
Ҳәзир дәстүршилер сайт искерлигин жолға қойыўды ислеп шықпақта. Буннан тысқары, «Пуқаралар ушын 2019-жыл бюджети» мәлимлеме бюллетени басып шығарылады.
Басылым мәмлекет бюджетиниң тийкарғы параметрлерин көрсетеди. Китапта шерек экономикалық көрсеткишлер болады.