Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда мәденият мәкемелери ҳәм архив хызметшилери айлығы 45%ке көтериледи



Өзбекстан Президентиниң «Мәмлекетлик мәденият мәкемелери ҳәм мәмлекет архивлери хызметшилери мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын енгизиў ҳәм оларды материаллық хошаметлеўди күшейтиў ҳаққында»ғы қарары қабылланды. Ҳүжжет тексти ЎзА тәрепинен келтирилди, деп жазады daryo.uz. 
Қарарғы муўапық:
2018-жыл 1-июннен мәмлекетлик мәденият мәкемелери артистлери, административлик басқарыў, көркемлик-басшы, дөретиўшилик ҳәм басқа хызметшилердиң, сондай-ақ, мәмлекет архивлери басқарыў хызметшилери ҳәм қәнигелериниң мийнет ҳақы муғдарлары орташа 45%ке көтериледи;
Мәмлекетлик мәденият мәкемелери ҳәм мәмлекет архивлери хызметшилериниң тәжирийбе тайпалары ҳәм лаўазымлары бойынша базалық лаўазым айлықларын белгилеўди нәзерде тутыўшы мийнетине ҳақ төлеўдиң жетилистирилген системасын енгизиў ҳәм лаўазым айлықлары ортасындағы айырмашылықты көбейтиў есабынан кәсиплик өсиў хошаметленеди;
Өзбекстан мәмлекетлик цирки, ҳайўанат бағлары, Мәденият министрлигиниң көзи әззилер ушын китапханалары ҳәм мәмлекет архивлери хызметшилериниң айрықша тайпаларына театр-концерт шөлкемлестириўшилериниң артистлери ҳәм көркемлик хызметшилерине узақ мүддет хызмет еткенлиги ушын белгиленген муғдарларда ҳәр айда сыйлықлаў пулы төленеди.
Мийнетке ҳақ төлеўдиң жетилистирилген системасы енгизилиўи ҳәм узақ мүддет мийнет еткени ушын ҳәр айда сыйлықлаў пулы төлениўи менен байланыслы қәрежетлер бюджет қарыжалары ҳәм тийисли мәмлекетлик мәденият мәкемелери ҳәм мәмлекет архивлериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылады.
2018-жыл 1-июннан концерт-тамаша көрсетиў искерлиги менен шуғылланыў ушын лицензияға ийе болған, юридикалық ҳәм физикалық шахсларды (сол қатары, норезидентлерди) тартыў жолы менен ғалабалық тамаша илажларын шөлкемлестириўден дәраматлар алатуғын микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын бирден-бир салық төлеми ставкасы 30%тен 5% ке шекем түсирилди.
    2018-05-15 12:18:05 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine