Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда инкассация хызмети монополиясына шек қойылады



Өзбекстанда 2019-жылдан инкассация хызметлерин көрсетиўши жаңа шөлкемлер пайда болыўы мүмкин. Президент Шавкат Мирзиёевтиң саўданы еркинлестириў ҳәм бәсекини раўажландырыў бойынша пәрманына тийкар нақ пул түсимин тек ғана Орайлық Банктиң инкассация хызмети арқалы тапсырыў тәртиби бийкарланды.
Пул түсимлерин банкке тапсырыў ушын исбилерменлер енди инкассация хызметинен пайдаланыўы шәрт емес. Өз қәлеўине бола, коммерциялық банкине өзлери апарып тапсырса да болады. Бунда күнлик орташа нақ пул түсими ең кем ис ҳақысының 20 есесинен көп болған кәрханалар түсимин ҳәр күни банкке тапсырыўы шәрт болса, пул түсими кем болған кәрханалар пулды өзлери белгилеген дәўирде тапсырыўы мүмкин.
«Инкассация хызметиниң толық монополиясы бийкарланыўы ямаса самоносқа (өзи апарып тапсырыў) рухсат берилиўи нақ пул қунының еле де арзанласыўына қойылған әҳмийетли қәдем. Қуўанышлысы, енди пүткил дүньядағы сыяқлы банклер, саўда шөлкемлери өзлериниң еркин инкассация хызметлерин көрсетиўши сыңарларын шөлкемлестириўи мүмкин болады», деп атап өтеди блогер Александр Давлетов.
Пәрманда буннан тысқары көтере саўда ушын лицензиялаў ҳәм арнаўлы салыққа тартыўды бийкарлаў, корпоратив карталардан пайдаланыўды еркинлестириў да киритилген. Нан ҳәм басқа бир қатар товарлар экспорты бойынша шеклеўлер алып тасланыўы нәзерде тутылған.
    2018-10-31 11:44:57 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine