Ózbekstanda hawa keskin suwıp ketiwi kútilmekte
Derek: kun.uz
3-5-ноябрь күнлери Өзбекстан аймағына Батыс Қазақстан арқалы Урал районлары (Екатеринбург) үтинде қәлиплескен суўық ҳәм ығал ҳаўа ағымы кирип келеди. Бул ҳаққында «Ўзгидромет
» хабар бермекте.Өзбекстан
3-ноябрьде Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятында айырым орынларда жаўын жаўады. 4-ноябрьде республика бойынша жаўын, айырым жерлерде күшли жаўын жаўады. Қаракалпақстанда ҳәм Хорезм ўәлаятында жаўын-шашын болмайды.
Самалдың тезлиги күшейип, секундына 18-23 метрге шекем, тез ескенде секундына 25-28 метрге шекем жетиўи күтилмекте.
4-5-ноябрьде республика бойынша ҳаўа температурасы кеште 0-5 дәрежеге шекем түсип кетеди. Айырым жерлерде 1-2 дәреже суўық пенен аяз гүзетилиўи мүмкин. Күндиз температура 8-13 градус жыллы. Мәмлекеттиң арқасында температура түнде 3 дәреже суўықтан 2 градус жыллыға шекем, күндиз 3-8 градусқа шекем жылыйды.