Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда физикалық шахсларға да такси хызметлерин көрсетиў ҳуқықы бериледи



«Исбилерменлик хызмети тараўындағы лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын және де қысқартыў ҳәм әпиўайыластырыў, сондай-ақ, бизнес жүргизиў шараятларын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы мәлим етилди.
Мәмлекетлик сиясаттың белгиленип атырған әҳмийетли үстемлиги ҳәм тийкарғы ўазыйпаларынан келип шығып, ҳуқықты қоллаў әмелиятын, миллий нызамшылық ҳәм шет еллердиң нызамшылығын анализлеў тийкарында, усы ҳүжжет арқалы 42 түрдеги лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын бийкар етиў нәзерде тутылмақта. Олардың арасында – нефть өнимлерин автомобильлерге жанар май қуйыў шақапшалары ҳәм май алмастырыў пунктлери арқалы сатыўды лицензиялаў, бажыхана брокери сыпатында жумыс алып барыўға руқсат бериў, сыртқы рекламаны жайластырыўға руқсатнама ҳәм басқаларды санап өтиў мүмкин.
 
    2018-04-12 12:35:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine