Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ózbekstanda bolıw qaǵıydaların buzǵanı ushın jınayiy juwapkershilik biykarlandı



Derek: @huqiqiymalimleme
 
“Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳақкында”ғы Нызам Президент тәрепинен қол қойылды.
Нызамғы муўапық, сырт ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың Өзбекстан Республикасында ўақтынша болыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершилиги либералластырылыўы мүнәсибети менен Жынаят, Жынаят-процессуал ҳәмде Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге тийисли өзгерислер киргизилди. Атап айтқанда, Жынаят кодексиниң Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы статьясы шығарып тасланды.
Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы кодекске 18 жасқа шекем болған, Өзбекстан Республикасында турақлы жасап атырған сырт ел пуқарасы ҳәм пуқаралығы болмаған шахс 16 жасқа толыўы мүнәсибети менен жасаў гуўалығын өз ўақтында алмағанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмаслығын нәзерде тутыўшы норма киргизилди.
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
 
    2019-11-07 16:42:39 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine