Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда бензин баҳасы қаншаға қымбатлаўы ҳаққында



Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жанылғы-энергетика ресурсларына баҳалар ҳәм тарифлердиң өзгериўи ҳаққында»ғы қарары жойбары ислеп шығылды (Kun.uz’дабар). Бул ҳаққындағы хабарлар социаллық тармақларда да кең тарқалды. Усыған муўапық, бензинге баҳалар көтерилиўи төмендегише жүз бериўи мүмкин:
Аи-80 - бир литр ушын 4000 сўм;
Аи-91 - бир литр ушын 4500 сўм;
Дизель жанылғысы - бир литр ушын 4800 сўм;
ЭКО дизель жанылғысы - бир литр ушын 4900 сўм.
Сондай-ақ, халықтың айрықша қатламы ушын автобензин сатып алыўға ҳәр айда 66 мың 700 сўм муғдарында компенсация төлениўи режелестирилген, деп жазады kun.uz.
Еслетип өтемиз, сонғы мәрте 2017-жыл 15-ноябрь күни Өзбекстанда бензин баҳасы 35%ке көтерилген еди.
Аи-80 маркалы автобензин — 1 литри 3800 сўм, Аи-91 маркалы автобензин — 1 литри 4300 сўм, Дизел жанылғысы — 1 литри 4100 сўм болған. 
Буннан соң, 2018-жыл 15-февральда Өзбекстандағы бирден-бир монопол шөлкем “Ўзбекнефтгаз” АЖға қараслы автомобиллерге жанылға қуйыў шахапшаларында АИ-95 бензининиң баҳасы көтерилди.
Атап өтиў керек, бензинге баҳаларды көтериў ҳаққындағы қарар еле қабылланбаған. Бул бағдардағы өзгерислер қашан күшке кириўи де белгисиз болып турыпты.
 
    2018-10-05 09:39:06 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine