Өзбекстанда Арал теңизин тиклеў ушын жасалма жаўын жаўдырыў технологиясы ислеп шығылды
Мағлыўмат kun.uz’дан алынды.
Өзбекстанда Арал теңизин тиклеў ушын жасалма жаўын жаўдырыў технологиясы ислеп шығылды. Ислеп шығылған система бултларды генерациялаў ҳәм химиялық элементлерсиз жасалма жаўын жаўдырыў имканын береди. Қәнигелердиң есап-санағына қарағанда, теңиз қайта тиклениўи ушын 5-7 жыл керек болады.
Биз 60-жыллардағы суў муғдарын қайтарамыз, - дейди жойбар авторы Олимжон Юсупов. – дүньяда бундай технологиялар көп емес. Бизиң технологиямыз анағурлым заманагөй, көшпели, барлығы өзимизде таярланады. Система атмосфераға толық тәсир ете алады, ең тийкарғысы болса, Аралбойы орталығын тиклейди.
Мине усындай бир тәжирийбе система баҳасы 800 млн сўм деп белгиленбекте, бул шет ел альтернатив технологияларынан бир неше есе арзан. Аралды қутқарыў ушын төрт усындай система керек болады.
«Техникалық жақтан барлығы таяр. 2019-жыл апрельден тәжирийбе системасын иске түсиремиз. Ол Мойнақ жанында жайластырылады. Сынақ режиминде реал көрсеткишлерди өлшеймиз. Бизди қанаатландыратуғын нәтийжеге ерискеннен кейин, топырағы ығаллыққа мүтәж болған басқа аймақлар ҳаққында бас қатырамыз», - деди Юсупов.
Оның сөзлерине қарағанда, бул технология көплеген мақсетлерге қолланылыўы мүмкин. Ол тек ғана жасалма булт пайда етиў, ал климатты дуз, зыянлы металлардан тазалаў имканын береди, ҳаўа ығаллығын арттырады. Аэропортларда буннан думанды тарқатыўда пайдаланыў мүмкин.
«Мени жаўынды басқарыў қызықтырды. Бул арқалы микроклиматты тиклеўимиз аңсат болады. Ҳәзир барлығын пухта есаплаў ҳәм алдымызда турған мәселелерди шешиў керек. Керек болса, алымларды да тартамыз», - деди Өзбекстан Президенти жанындағы халық аралық Аралбойы инновация орайы Нурлыбек Мырзамуратов.