Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда 8-декабрь Конституция күни байрамы қарсаңында тапсырылатуғын көкирек белгиси енгизилди



“Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын” көкирек белгисин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди.
Қарар менен “Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын” көкирек белгиси ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге көре усы көкирек белгиси менен жәмйиетлик шериклик қатнасықларын беккемлеў жумысларына мүнәсип үлес қосқан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары ўәкиллери ҳәмде пуқаралар сыйлықланады.
Көкирек белгиси менен сыйлықлаўға байланыслы усынысларды көрип шығыў ҳәм тийисли қарар қабыл етиў Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси тәрепинен әмелге асырылады.
Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўды мониторинг етиў ғәрезсиз институты Мәсләҳәт кеңесиниң исши органы есапланады.
Қарарға муўапық, усы көкирек белгиси 8-декабрь Конституция күни байрамы қарсаңында тапсырылады. 
Көкирек белги менен сыйлықланған шахслар ең кем айлық ис ҳақының
4 есеси муғдарында бир жола төленетуғын пул саўғасын алады.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2018-11-15 12:14:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine