Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда 5-9-класс оқыўшыларының билим сапасын баҳалаўдың рейтинг системасына өзгерис киритилди



«5-9-класс оқыўшыларының билим сапасын баҳалаўдың рейтинг системасы ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Бул ҳаққында Министрлик Телеграм каналында хабар берди.
Енди, ағымдағы баҳалаў – сораўлар, қадағалаў жумысы ямаса тестлер көринисинде, аралық баҳалаў – жазба баҳалаў жумысы ямаса тестлер көринисинде, басқышлы баҳалаў болса аўызеки, жазба имтиҳан ҳәм тест сынақлары формасында әмелге асырылады.
Ески тәртипке муўапық, ағымдағы баҳалаў – сораўлар, коллоквиумлар, семинарлар, баҳалаў жумыслары, тестлер көринисинде; аралық баҳалаў имтиҳанлары – тестлер, сынақлар ҳәм қәнигеликке тийисли жумыслар көринисинде; басқышлы баҳалаў имтиҳанлары – тест сынақлары, сынақлар көринисинде әмелге асырылған.
    2018-05-10 12:41:06 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine