Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстанда 2019-жылдан баслап мийнет дәптершеси пайдаланылмайды



2019-жылдан Өзбекстанда мийнет дәптершесинен пайдаланылмайды. Оның орнына электрон база енгизиледи. Бул ҳаққында 2018-жылы мәмлекет бюджетин әмелге асырыў ҳәм 2019-жыл ушын тийкарғы параметрлерди анықлаў бойынша өткерилген конференцияда Финанс министриниң орынбасары Дилшод Султанов айтты, деп хабар берди turon24.uz.
«Мийнет дәптершелери бизде СССР дәўиринен қалған ҳәм олар пайдаланыў ушын жүдә қолайсыз. Олардан кешиў ўақты келди. 2019-жылдан баслап жумысқа кирежақ хызметшилер мийнет дәптершесин ашыўына туўра келмейди, енди олар тек ғана өз мағлыўматларын электрон базаға киритсе болғаны», - деди Дилшод Султанов.
Болажақ базада хызметшиниң барлық мийнет искерлиги ҳәм дәраматы көринеди. Керекли мағлыўматты хызметшиниң паспорт мағлыўматларын базаға кириткен ҳалда алыў мүмкин болады.
«Ҳәзир салық мәкемеси электрон базаның тийкарын ислеп шықпақта ҳәм бул бағдарлама дерлик тайын. Ендигиден былай өз айлықларыңыз ҳаққында "Telegram"дағы @oylikuzbot боты арқалы билип алыў мүмкин. Бул бот қанша айлық төленгени ҳәм қаншасы салыққа услап қалынғанын көрсетеди. Сондай-ақ, бот айлықтың қанша проценти нақ пулда ҳәм қаншасы пластик картада берилгенин көрсетеди», - деди Дилшод Султонов.
    2018-11-05 15:27:22 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine