Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстан ҳәм Россия ортасында 27,1 млрд долларлық келисимлер тастыйықланды



Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин мәмлекетлик сапар менен усы жылдың 18-октябрь күни елимизге келди.
Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды мәмлекетимиз басшысы күтип алды. Президентлер усы жерде қысқа сәўбет өткерди.
Сапардың тийкарғы илажлары 19-октябрде болып өтпекте.
Ташкенттеги еки тәрептиң исбилерменлик шеңберлери қатнасыўында «Өзбекстан-Россия» аймақлар аралық шериклик форумы өткерилди.
Илажда Өзбекстан ҳәм Россияның тийкарғы министрлик ҳәм мәкемелер басшылары, ўәлаятлар басшылары, Россия федерациясы губерниялары ҳәм еки мәмлекеттиң ири бизнес ўәкиллери қатнасты.
Илажда улыўма қуны 27,1 миллиард долларға тең 785 еки тәреплеме келисимлер ҳәм меморандумлар тастыйықланды, деп хабар бердиӨзбекстан Экономика министрлиги.
Атап айтқанда, саўда-экономикалық тараўда, 1,76 млрд долларлық 600 келисим, инвестиция тараўында 25,3 млрд долларлық 185 келисим тастыйықланған.
Ерисилген келисимлер есесине Өзбекстан ҳәм Россия ўәкиллери қатнасыўында 79 қоспа кәрхана шөлкемлестириледи, 23 жаңа саўда үйи ашылады ҳәм Өзбекстанда 20 көтере саўда комплекси дүзиледи.
Сондай-ақ, тармақлар тараўындағы шериклик шеңберинде Өзбекстан ҳәм Россия кәрханалары ортасында саўда-экономикалық шериклик бойынша 1,2 миллиардлық 242 шәртнама ҳәм инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша 1,4 миллиардлық 136 шәртнама тастыйықланған.
    2018-10-19 16:27:54 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine