Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстан Тәжикстанға газ жеткерип бериўди баслады



Өзбекстан Тәжикстанға газ жеткерип бериўди баслады. Бул ҳаққында «Газета.uz» хабар бермекте. Газ «Музрабод-Душанбе» магистраль газ өткизгишиниң еки тармағы арқалы жеткерип берилмекте. Оның өткериў имканияты саатына 125 мың кубометрди қурайды. Бул менен Тәжикстанның Турсунзода районының мүтәжи толық қапланады (ол жерде Тәжик алюмин компаниясы — ТАЛКО жайласқан).
Тәжикстанға тәбийий газ экспорты бойынша келисим Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қоңсы мәмлекетке усы жыл март айында әмелге асырған сапары даўамында тастыйықланған. Шәртнамада 2018-жылы улыўма суммасы 15,1 миллион доллар болған 126 миллион кубометр газ жеткерип берилиўи нәзерде тутылған.
 
    2018-04-09 06:47:59 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine