Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстан Тәжикстан менен шегараны миналардан тазалаўды баслады



Өзбекстан-Тәжикстан шегарасында Панжикент ҳәм Самарқанд қалалары жөнелисинде миналардан тазалаў ислери алып барылмақта, деп жазады Asia-Plus.
Шегараны минасызландырыўда өзбекстанлы сапёрларға Тәжикстанлы қәнигелер жәрдем бермекте.
Тәжикстан Миллий қәўипсизлик мәмлекетлик комитети ўәкилиниң сөзлерине қарағанда, шегараны миналардан тазалаўды баслаўдан алдын еки мәмлекет ҳүкиметлериниң қоспа топары Ташкент тәрепинен усынылған, шегараның миналанған аймақлары картасы менен танысқан.
Бирақ, Өзбекстан-Тәжикстан шегарасының дәл қайсы аймақлары миналанғанын ҳәм олардың улыўма майданы қанша екенлиги ҳаққындағы мағлыўмат сырлы қалдырылмақта.
Атап өтилиўинше, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстанға март айындағы биринши мәмлекетлик сапары даўамында еки мәмлекет басшылары 2019-жыл соңына шекем улыўма шегараны миналардан тазалаў ислерин жуўмақлаўға келисип алған еди.
Тәжикстан миллий мина орайы мағлыўматларына қарағанда, өткен 20 жыл ишинде 374 Тәжикстанның адамы миналар жарылыўынан қайтыс болған, және 485 адамы жарақатланған. Минасызландырыў ўақтында болса 20 тәжикстанлы сапёр жарақатланған, екеўи болса қайтыс болған.
    2018-10-09 06:55:59 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine