Өзбекстан пуқараларынан артықша ҳәм нәтийжесиз қағыйда-талаплар ҳаққында пикир билдириў соралмақта
Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламент изертлеўлери институты нызамшылықтағы машқалалар ҳәм олардың шешимине тийисли усынысларды үйрениў мақсетинде 2018-жылдың 5-декабринен 2019-жыл 5-январьға шекем «Нызамшылықта баслама» акциясын өткермекте. (https://t.me/qonunchilikinstituti/257 )
Бул акция шеңберинде пуқаралар усынысларын қабыллаў ушын онлайн платформа жаратылды. Пуқаралар қәлеген ўақытта бул сораўнамада қатнасыўы ҳәм өз усынысларын қалдырыўы мүмкин.
«Ҳүрметли пуқаралар! Сиз күнделикли өмириңизде дусласқан ҳәм сизиңше раўажланыўға тосқынлық етип атырған нызамшылықтағы артықша ҳәм нәтийжесиз қағыйда-талаплар ҳаққында өз пикирлериңиз бенен усынысларыңызды билдириң», делинген хабарда.
Тийкарлы усыныслар берген қатнасыўышылар Нызамшылық машқалалары институты тәрепинен хошаметленеди.