Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстан Президенти ЮНЕСКО Бас директоры менен ушырасты




Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-октябрь күни Париж қаласындағы ЮНЕСКО бас штаб квартирасында усы шөлкем Бас директоры Одри Азуле менен ушырасты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди. Бүгинги күни шөлкемге 195 мәмлекет ағза. Өзбекстан болса 1993-жылы 26-октябрьде ағза болған.
Бас директор Өзбекстанның пүткил инсаният байлығы болған мәдений-тарийхый мийрасты асырап-абайлаў бағдарындағы сиясатын жоқары баҳалады. Ушырасыў соңында Шавкат Мирзиёев ҳәм Одри Азуле Өзбекстан менен ЮНЕСКО байланысларын раўажландырыўға қаратылған 2021-жылға шекем шериклик бағдарламасын тастыйықлады.
Президент Шавкат Мирзиёев ЮНЕСКОның ҳүрметли мийманлар китабына қол қойды.
    2018-10-09 06:54:20 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine