Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстан менен Туркия ортасында ҳүжжетлер тастыйықланды



Көксарайда болған нәтийжели сөйлесиўлер жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерди тастыйықлаў мәресими болды, деп хабар берди Президент баспасөз хызмети.
Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Ражаб Тоййиб Эрдуған Өзбекстан менен Туркия ортасындағы стратегиялық шерикшиликти жаңа басқышқа көтериўге қаратылған Қоспа баянатты тастыйықлады.
Еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрлик ҳәм мәкемелери ортасында экономика, саўда-сатық, транспорт-логистика, санаат, энергетика, илим-пән, билимлендириў, туризм ҳәм басқа тараўларға байланыслы 24 ҳүжжет тастыйықланды.
Буннан тысқары, Ташкентте болып атырган Өзбекстан-Туркия бизнес форумында 50 ден артық жаңа инвестициялық жойбарлар бойынша улыўма қуны 3 миллиард долларға тең келисимлер тастыйықланыўы күтилмекте.
 
    2018-05-01 07:35:31 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine