Өзбекстан Германия пуқаралары ушын визасыз тәртип енгизди
2019-жыл 15-январьдан Өзбекстанда Германия пуқаралары ушын 30 күн мүддетке визасыз тәртип системасы жолға қойылады. Бул ҳаққында Туризмди раўажландырыў комитети
мәлим етти. Хабарда айтылыўынша, визасыз тәртип енгизилиўине Германия пуқаралары тәрепинен Өзбекстанға кириў электрон визаларынан пайдаланыў көрсеткишлериниң жоқары екени себеп болды. 2018-жыл 28-декабрь ҳалатына оларды 1 089 адам рәсмийлестирген.
Буның менен Германия пуқаралары усы бағдарламадан пайдаланған мәмлекетлер дизиминен 10-орынды ийеледи.
Мағлыўмат ушын, өткен жыл даўамында Өзбекстанға Германиядан 18 мың адам келген болып, бул 2017-жылға қарағанда 2,5 есе көп.