Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекстан әскерлери биринши мәрте АҚШтағы шынығыўларда қатнаспақта



Өзбекстан Қорғаныў министрлиги арнаўлы бөлимше әскерий хызметкерлери 11-январьдан АҚШтың Кэмп-Шелби әскерий базасы (Миссисипи штаты)нда болып өтип атырған «Қубладан соққы» бирликтеги шынығыўларына қатнасып атыр. Олар бүгинги күнге шекем еки бирликтеги шынығыўларды өткерди.
Бул ҳаққында Қорғаныў министрлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Өзбекстан қорғаныў министри генерал-лейтенант Абдусалом Азизов басшылығындағы әскерий делегация усы шынығыўлардың үшинши – тийкарғы фазасын бақлаў ушын АҚШ қа жөнеп кетти.
«Қубладан соққы» – Миссисипи штаты Миллий гвардиясы тәрепинен Галфпорт қаласында жайласқан жаўынгерлик таярлық ҳәм бирлескен күшлердиң Кэмп-Шелби оқыў базаларында өткерилетуғын ири оқыў – жаўынгерлик шынығыўы есапланады. Оқыў шынығыўы барлық әскер түрлери және қорғаў бөлимшелери, резерв күшлери ҳәм турақлы әскерлер ушын әмелиятта жаўынгерлик таярлықты услап турыў және АҚШ ҳәм тийкарғы аўқам қураллы күшлери арасындағы бирге ислесиў мәселелерин тәмийинлеў сыяқлы мақсетлерди өз ишине алады.
Бул кең көлемдеги шынығыўларға Канада, Чили ҳәм Нидерландия әскерлери де қатнаспақта.
АҚШқа рәсмий сапар даўамында Өзбекстан әскерий делегациясы Тампа қаласындағы (Флорида штаты) CENTCOM бас резиденциясына да барып, оның басшылары менен де сөйлесиўлер өткериўи режелестирилген.
Еслетип өтемиз, 2018-жыл 12-май күни Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри Абдусалом Азизов Америка Қурама Штатлары CENTCOM сәркардасы генерал Жозеф Вотелла және 18-сентябрь күни Миссисипи штаты Миллий гвардиясы сәркардасы – штат губернаторының орынбасары генерал-майор Женсон Д. Бойлз басшылығындағы әскерий делегацияларды күтип алған еди.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
 
    2019-01-29 10:36:22 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine