Өзбекстан автомашиналары Қазақстанда жетискенликке ериспекте
Қазақстан автомашина санаат кәрханалар шөлкеми директорлар кеңеси баслығы Олег Алферов өзбек автомашиналары не себептен усы мәмлекетте жақсы нәтийжеге ерисип атырғанлығы ҳаққында айтып берди, - деп жазады «Спутник» дереги.
Экспертлердиң пикиринше, Өзбекстан ҳүкимети жергиликли ислеп шығарыўшылар мәплерин шет ел базарларда да қорғап келмекте.
Оның айтыўынша, Өзбекстан ҳүкимети тек ғана Қазақстан емес, ал басқа мәмлекетлерге де автомашина жеткерип бериўди сезилерли дәрежеде қоллап-қуўатламақта. Бул ҳаққындағы табыс, ең дәслеп, Қазақстанда өз көринисин таўып атыр, -деди Олег Алферов. Бул ҳаққында «Халқ-сўзи онлайн»
хабар берди.