Өзбекстан 2018-жыл басынан берли Россияға барған мийнет мигрантлары саны бойынша биринши орында
2018-жыл январьдан сентябрь айына шекем Россияға Өзбекстанның 3 миллион 400 мыңнан артық пуқарасы кирген. Соннан, 1 573 791 адам – жумыс ислеў ушын.
Бул ҳаққында «Парламентская газета»сы «Россия мигрантлар федерациясы»на тийкарланып хабар берди.
Екинши орында Тәжикстан, ол жерде Россияға 1 745 554 адам, соннан 790 116 адам ислеў мақсетинде барды.
Үшинши орынды Украина ийеледи (Россияда ислеў мақсетинде 347 272 адам барған), төртинши орынды Қырғызстан (247 658 адам) ийеледи.