Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда жаңа жылда қатарасына 5 күн дем алыс күни



Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-декабрь күни «Рәсмий сәнелерди байрамлаў дәўиринде дем алыў күнлерин белгилеў ҳәм 2018-жылы дем алыў күнлерин көшириў ҳаққында»ғы Пәрманын тастыйықлады. Бул ҳаққында ЎзА хабар бермекте.
Пәрманға муўапық 2-3-январь күнлери дем алыс күнлери деп белгиленди.
Усылай етип, рәсмий 30,31-декабрь, 1,2,3-январь күнлери дем алыс күнлери болады. Яғный, өзбекистанлылар жаңа жылда қатарасына 5 күн дем алады.
4,5,6-январь (шемби) күнлери болса жумыс күни болады.
Сондай-ақ, 20-март сийшемби ҳәм 31-август – жума күнлери де қосымша дем алыс күнлери етип белгиленген.
    2017-12-29 07:30:18 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine