Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда Россиядағы жумысшы мигрантларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў ассоциациясының ўәкилханасы ашылмақта



Әдиллик министрлиги Жумысшы мигрантларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў ассоциациясының (Россия) Өзбекистандағы ўәкилханасын мәмлекет дизиминен өткерди, деп хабар бермекте Өзбекистан республикасы Әдиллик министрлиги баспасөз хызмети.
Ўәкилхананың тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары Өзбекистан Республикасы аймағында ассоциациясының мәплерин сәўлелендириў, Россия Федерциясы ҳәм Өзбекистан Республикасы ортасында мийнет миграциясы тараўында өз-ара байланыс ҳәм шерикшиликти әмелге асырыў, Өзбекистан республикасының миграция машқалаларын шешиўдеги тәжирийбесин үйрениў болып есапланады.
Жумысшы мигрантларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў ассоциациясының Өзбекистандағы ўәкилханасының жайласқан орны (почта мәнзили): Ташкент қаласы, Миробод районы, Айбек көшеси, 50/59 “А”-жай.
 
    2017-10-26 12:46:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine