Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда газ ҳәм электр ток ушын үстеме баҳалар енгизиледи



Бул мәмлекетте электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бақлаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў ис-илажлары менен байланыслы. Усылай етип, 2020-жыл 1-январьдан баслап тутыныўшылар қосымша түрде 1 кВт/саат электр энергиясы 15 сўм, 1м.куб тәбийий газ ушын 17 сўм үстеме төлемин әмелге асырады. Бул ҳаққында asr.uz хабар берди.
Бул жойбарды әмелге асырыў мақсетинде дәслепки басқышта 2 миллион дана электр энергиясы ҳәм тәбийий газди есапқа алыў үскенелери, сондай-ақ, дәстүрий тәмийнат, қосымша әсбап-үскене, басқа керекли техника қураллары сатып алыныўы нәзерде тутылған.
Солай етип, тутыныўшыдан мәмлекет тексериўинен, хызмет көрсетиў ҳәм басқа жумысларды өткериў ушын шешип алынған есаплағыш үскенесиниң орнына тезлик пенен «Ўзбекэнерго» АЖ ҳәм «Ўзтрансгаз» АЖ қаржылары есабынан басқа тексериўден өткен есаплағыш үскенеси орнатылады.
Жойбар шеңберинде орнатылатуғын есаплағыш үскенесиниң мәмлекетлик тексериўи
«Ўзстандарт» агентлиги тәрепинен 10 жылда әмелге асырылады, есаплағыш үскенелерин мәмлекетлик тексериўге тапсырыў бойынша жумысларды ислеў болса «Ўзбекэнерго» АЖ, «Ўзтрансгаз» АЖ ҳәм Бюро тәрепинен әмелге асырылады.
Мәмлекет Президенти республика аймағына жойбардың техникалық параметрлерине сәйкес келмейтуғын есаплағыш үскенелерин ҳәм қосымша қуралларды алып кириўди қадаған етти.
 Жақын келешекте республикада шет ел компаниялары қатнасыўында жоқарыда атап өтилген есаплағыш үскенелери ҳәм қосымша техникаларды жергиликли ислеп шығарыў шөлкемлестириледи.
 
    2017-11-14 07:11:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine