Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда биринши мәрте “Halal” стандарты енгизилди



“Ўзстандарт” агентлиги тәрепинен енгзилген “Halal” стандарты өнимлердиң саламат бәсекилик орталығын жаратады, деп хабар берди uznews.uz. “Halal” стандарты - өнимлерди ислам дини талаплары бойынша ислеп шығарыў, сақлаў, тасыў ҳәм тамғалаў талапларын белгилейди.
 Статистика мағлыўматларына қарағанда, “Halal” стандартын енгизиў бойынша Малайзия, Туркия, БАӘ, Сауд Арабыстаны, Қатар, Индонезия сыяқлы мәмлекетлер алда есапланады.
Бүгинги күни, “Halal” белгиси астында ислеп шығарылатуғын өнимлерге Европа аўқамы, АҚШ, Уллы Британия, Австралия, Канада, Қытай, Ҳиндистан, Латын Америкасы мәмлекетлери, Жаңа Зеландия ҳәм Таиланд сыяқлы мәмлекетлерде де айрықша итибар қаратылмақта.
Сондай-ақ, дүньяда мусылманлардың артып барыўы (шама менен 1,8 млрд адам, жер халқының 24%ти) “Halal” стандарты талаплары тийкарында ислеп шығарылатуғын өнимлерге талаптың артыўын тәмийинлейди.
    2018-02-09 12:21:05 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine