Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда автомобильлерге газ қуйыў шахабшаларын қурыў қадаған етилди



Өзбекистан ҳүкимети жергиликли ҳәкимиятларға 2017-жыл 1-декабрьден баслап автомобильлерге жаңадан газ қуйыў шахабшаларын қурыў ушын жер ажыратыўды қадаған етти. Бул Министрлер Кабинетиниң 11-октябрьдеги қарарында белгилеп қойылған.
Соның менен бирге, бар автомобильлерге газ қуйыў шахабшаларын автомобильлерге газ толтырыў компрессор станцияларына басқышпа-басқыш өзгертиў режелестирилген. Жанылғы қуйыў шахабшаларын өзгертиўдиң толық режеси усы жыл декабрь айының орталарына шекем ислеп шығылады.
«Ўзбекнефтегаз» Қубла Кореяның NK Group компаниясы менен биргеликте үскенелерди сатып алыўды жеңиллестириў ҳәм қәрежетлерди кемейтиў мақсетинде, стационар ҳәм қоспа автомобильлерге газ толтырыў компрессор станцияларыналар қурыў ушын үскенелер, аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў, сондай-ақ оларға сервис хызметин көрсетиў бойынша қоспа кәрхана шөлкемлестиреди.
 
    2017-10-16 07:08:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine