Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда автомобиллерди нотариал рәсмийлестириўсиз ижараға алыўға рухсат бериледи



Өзбекистанда қәнигелестирилген шөлкемлерден қысқа мүддетлерге транспорт қуралларын ижараға алыў (прокат) тәртиби ҳаққындағы нызам ислеп шығылады.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Ишки туризмди тез раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарын тастыйықлады.
Қарарға муўапық, физикалық шахслар, сол қатары шет еллилер, автомашиналарды 30 күнге шекем ижараға алыўлары мүмкин.
Бул қарарда белгилениўинше, автомобиллер ижараға нотариал тастыйықланған ҳәм ишки ислер органларында дизимнен өткен ҳалда усынылыўы шәрт болмайды.
2018-жыл апрель айында тийисли қарарлар қабылланыўы күтилмекте. Бул ҳаққында kun.uz хабар бермекте.
    2018-02-08 12:07:06 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine