Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда 54 жол-патруль ҳәм патруль-пост хызмети постлары тамамланды. Соннан Берунийда бир пост жабылды



Еки ҳәптеден кем болған мүддет ишинде республика ўәлаятларында 54 жол-патруль ҳәм патруль-пост хызмети постлары тамамланды. Ишки ислер министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 54 постлардың 21 жол-патруль постлары, қалғанлары патруль-пост хызмети постлары болған.
Еслетип өтемиз Жол патруль хызмети постларын тамамлаўды Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатында усынған еди.
Ишки ислер министри Полат Бобожоновтың хабар бериўинше, Өзбекистанда ўәлаятлар шегарасында жайласқан 133 жол-патруль ҳәм патруль-пост хызметлери постларынан 66сын тамамлаў режелестирилмекте. Қарақалпақстан Республикасының Беруний районындағы турақлы Жол патруль хызмети посты тамамланған. Бул ҳаққында uznews.uz хабар бермекте.
 
    2018-01-04 06:00:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine