Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистанда 2018-жылы Орайлық Азиядағы ең ири кондитер фабрикасы ашылады



2018-жылы Ташкентте Орайлық Азиядағы ең ири кондитер фабрикасы ашылыўы режелестирилген, деп жазады «Belmy.by».
Кәрхана жергиликли ислеп шығарыўшылар ҳәм Россия, Беларусь ҳәм украиналы экспортшылар өнимлерине бәсекилес. Өзбекистанның компаниясы жойбарға 70 миллион доллар инвестиция киритеди.
150 ден артық түрдеги кондитер өнимлерин шығарыў нәзерде тутылған. Фабриканың қуўатлылығы жылына 76 мың тонна. Ҳәзирги ўақытта ислеп шығарыў имаратлары қурылысы жуўмақланбақта. Технологиялық үскенелер жеткерип берилиўи басланды.
Жойбардың бас технологиялық жойбарластырыўшысы Санкт-Петербургтиң Mossa Engineering компаниясы болды. Автоматластырылған линиялар Европада ислеп шығарылған үскенелер менен үскенеленген. Ҳәзир Mossa Engineering командасы лаборатория сынаўларына басшылық етип, жеткерип бериўден алдын ислеп шығарыў линияларын тексериў менен шуғылланбақта. Бул ҳаққында daryo.uz хабар берди.
 
    2017-12-04 12:28:12 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine