Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан ҳәм Туркия ортасында 20 дан артық ҳүжжет имзаланды



25-октябрь күни Анкарада Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Таййип Эрдўғон ҳәм еки мәмлекеттиң рәсмий делегациялары қатнасыўында сөйлесиўлер болып өтти, деп хабар берди Өзбекистан басшысының рәсмий сайты. Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекистан ҳәм Туркия ортасында бирге ислесиўдиң түрли тараўларына байланыслы 20 дан артық ҳүжжет имзаланды. Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Режеп Таййип Эрдўғон мәмлекет басшыларының Қоспа баянаты имзаланды. Сондай-ақ саўда, санаат, банк-финанс, инвестиция, туризм, жүк тасыў, ден саўлықты сақлаў, кадрлар таярлаў, қорғаныў ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы бир қатар ҳүжжетлер қабылланды. Шавкат Мирзиёевтың Туркияға сапары даўам етпекте.
 
    2017-10-26 08:09:48 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine