Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан ҳәм Тәжикстан ортасындағы виза шеклеўлери бийкарланыўына келисилди



Өзбекистан ҳәм Тәжикстан рәсмийлери виза шеклеўлерин бийкарлаўға келисип алды. Бул ҳаққында KUN.UZ 15-январь күни Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети баслығы  А.А.Абдуҳакимов Миллий баспасөз орайында берген мағлыўматына тийкарланып хабар бермекте.
«Өзбекистан мәмлекет баслығының Тәжикстанға сапары шеңберинде тийисли шәртнама тастыйықланады. Буннан алдын болса Өзбекистан бас министри Тәжикстанда болды ҳәм ол жерде усы бойынша белгили келисимлерге ерисилди. Ойлаўымша бул жүдә үлкен қарар. Бул бириншиден, Өзбекистанда ағайинлери болған тәжикстанлылар арасында үлкен қызығыўшылық оятса, екиншиден, медицина, билимлендириў жөнелислериндеги туризмди раўажландырыўға үлес қосады – олар Самарқанд, Бухара ямаса Хийўа қалаларына саяҳат етеди. Шама менен 150-200 адам қатнайды, деп биймәлел айта аламыз», - деген А.А.Абдуҳакимов. 
Атап өтиў керек, Өзбекистан ҳәм Тәжикстан ортасындағы рейслер 1992-жылда тоқтатып қойылған еди. Өткен жылы болса "Ўзбекистон ҳаво йўллари" авиакомпаниясы 25 жыл даўамындағы биринши Ташкент-Душанбе жөнелисиндеги авиарейсти әмелге асырған еди.
 
    2018-01-16 09:24:33 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine