Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Өзбекистан вагонлар экспорт етиўди баслады



Дүнья жүзинде жолаўшы вагонларды заманагөй түрде ислеп шығарыўшы, оңлаўшы ҳәм экспорт етиўши заводлар санаўлы. Енди Германия, Украина, Россия, Франция, Беларуся сыяқлы мәмлекетлер қатарына Өзбекистан да жолаўшы вагонлары менен дүнья базарына кирмекте, деп хабар бермекте «Ўзбекистон темир йўллари» АЖ баспасөз хызмети. Атап айтқанда, «Ўзбекистон темир йўллари» АЖға қараслы «Ташкент жолаўшы вагонларын қурыў ҳәм оңлаў заводы» акционерлик жәмийети биринши мәрте «Made in Uzbekistan» белгиси менен өз өнимлерин экспорт ете баслады.
2016-жылда Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлери тәрепинен мәмлекет вагонсазлары ислеп шығарып атырған 61 911, 61 907 маркасындағы плацкарт ҳәм купе вагонларына қызығыўшылық жоқары болған еди. Усы жылы болса олар ушын арналған жаңа көринистеги қолайлы вагонларды ислеп шығарыўға кирисилди. Жыл соңына шекем 5 плацкарт ҳәм және купе вагонларына буйырытпалар келип түсти. Усы бағдарда усы жылдың июнь айында дүнья стандартлары сертификаты алынды.

 
    2017-10-26 12:52:55 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine